Опаев, Баймурат (2023) XX ӘСИР 20-30 ЖЫЛЛАРДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА «БАСПАШЫЛЫҚ» ҲӘРЕКЕТИ ҲӘМ ОҒАН ЖЕРГИЛИКЛИ ҚАЗЫЛАРДЫҢ ҚАТНАСЫ. Journal of Universal Science Research; Vol. 1 No. 9 (2023): JOURNAL OF UNIVERSAL SCIENCE RESEARCH; 100-107.
3632.pdf - Published Version
Download (1MB)
Abstract
Қарақалпақстан тарийхында XX әсир 20-30 жыллары қайғылы ӯақыяларға толы дәӯир болды. Екинши дүнья жүзилик урысқа шекем Совет ҳүкимети өзиниң ҳәкимиятын беккемледи ҳәм сол жолда динге де қарсы гүрес жолын тутты. Орта Азия халықларының неше әсирлерден берли санасына сиңип кеткен ислам дини менен байланыслы болған дәстүрий суд-қазылар судын жоқ қылыӯға урынды. Мусылманлардың контрреволюциялық ҳәрекетке қосылып өзиниң үрип-әдетлерин исенимин сақлап қалыӯға урыныӯына булда бир түртки болды. Совет ҳүкимети оларға «Баспашылар» деген ат таңып, халықтың санасына сиңдириӯге барынша ҳәрекет етти. Бирақ, СССР тарқағаннан кейин тарийхый ҳақыйқат қайта тикленип «баспашылар»дың көпшилиги азатлық ушын гүрес ӯәкиллери екенлиги мәлим болды. Олардың арасында әдилликти сақлаӯда орны бар қазыларда ҳәрекет еткен еди. Бул мақалада тап сондай азатлық ҳәрекетине қосылған ҳәм өз елинен басқа журтларға шығып кеткен қарақалпақстанлы қазылар ҳақында сөз етиледи.
| Item Type: | Article |
|---|---|
| Additional Information: | Imported from Journal of Universal Science Research |
| SWORD Depositor: | Admin User |
| Depositing User: | Admin User |
| Date Deposited: | 30 Sep 2026 22:00 |
| Last Modified: | 30 Sep 2026 22:00 |
| URI: | https://universalpublishings.uz/id/eprint/18304 |
